Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде сөз мүлкиниң султаны  Әлийшер Наўайының туўылғанына 583  ҳәм уллы сәркарда, шайыр Заҳриддин Мухаммед Бабурдың туўылғанына 541 жыл толыўы мүнәсибети менен «Уллыларды яд етип» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң үлкен оқытыўшысы Муборак Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме-китапхана орайы хызметкерлери   ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасты. Кешеде сөзге шыққанлар дөретиўшилиги менен пүткил дүньяға белгили уллы шайырлардың дөретиўшилик мийнетлери ҳәм өмир жоллары ҳаққында айтып өтти.

Кешеде мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен жыйналғанларға шайырдың ғәззеллери ҳәм рубайылары оқылып, сахналық көринислер қойып берилди.


Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги