Уллы инсанларға бағышланды

Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 25-cанлы улыўма билим бериў мектебинде өзбек классикалық әдебиятының көрнекли ўәкиллери Әлийшер Наўайының туўылғанына 583, шах ҳәм шайыр Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 531 жыл толыўы мүнәсибети менен «Еки уллы инсан» атамасында көркем-әдебий кеше өткерилди.
Кешеге Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты өзбек әдебияты кафедрасының оқытыўшысы Х.Алламбергенов ҳәм өзбек тили кафедрасының оқытыўшысы Ш.Матжановлар қатнасып, Наўайы ҳәм Бабурдың өмири, дөретиўшилигине байланыслы мағлыўматлар берилди.
Илажда мектеп оқыўшылары тәрепинен бул уллы инсанлардың шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринислер атқарылып, рубайы, ғәзеллер оқылды. Сүўретлер көргизбеси өткерилди.



– Мақсет – усы илаж арқалы оқыўшылардың Наўайы ҳәм Бабур ҳаққындағы билимлерин арттырыў, оларға ҳүрмет сезимин пайда етиў ҳәм олардың шығармаларын үйрениўге қызығыўшылық оятыўдан ибарат,-дейди Ш.Матжанов.
Кешеде мектеп оқыўшылары тәрепинен аяқ ойынлар атқарылып, концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги