Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасыныӊ баслығы  И.Казаков тәрепинен инвестициялық жойбарлар ушын сырт ел инвестиция қаржыларын өзлестириў барысында ушырасып атырған машқалаларды үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Заманагөй технологиялар тийкарында шийше талшығын ислеп шығарыўды кеӊейтиў жойбарын әмелге асырыўды нийет еткен “Asadbek Glass Fiber”жуўапкершилиги шекленген жәмийети ушын  быйылғы жылы сырт ел инвесторлары тәрепинен 1,5 миллион АҚШ доллари муғдарындағы қаржы киргизилиўи белгиленген.  Ҳәзир күнине 2,5-3 мың метр квадрат тор тоқылыўы жолға қойылған бул кәрханада 13 жергиликли халық жумыс пенен тәмийинленген. Жылына мыӊ тонна шийше талшығын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болатуғын бул жойбардыӊ толық иске түсирилиўи және   50  жаӊа жумыс орныныӊ жаратылыўына тийкар жаратады. Бул жерде ислеп шығарылған өнимниӊ 80 проценти сырт елге экспортқа шығарылыўы режелестирилген. Ушырасыў даўамында исбилерменлик субъектлерине таяр өнимниӊ экспортын әмелге асырыў  бойынша түсиник берилди.

Кейинги мәнзил ири көлемдеги инвестициялық жойбарлардан бири “Nukus ssp texnopark” жуўапкершилиги шекленген жәмийети болды. Нөкис қаласындағы “Жаӊа базар” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында магистрал жолдыӊ бойында таяр тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыўға мөлшерленген кәрхананыӊ қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта. Сырт елден өзлестирилиўи белгиленген инвестиция баҳасы 30 миллион АҚШ долларына теӊ бул кәрхананыӊ иске түсирилиўи менен 1000 адам жумыс пенен тәмийинленеди. Жылына 5 тонна аралас (жасалма ҳәм пахта) талшықтан жип ийириў, гезлеме, таўар ҳәм трикотаж өнимлери ислеп шығарылады. Өнимлердиӊ көпшилиги сырт еллерге экспорт етиледи.

Бундай  ири көлемдеги жойбарлардыӊ иске түсирилиўи мәмлекетимиздиӊ экспорт потенциалына унамлы тәсир етиў менен бирге халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги