Сораў: Ҳаял-қызлар 54 жаста пенсияға шығыўы мүмкин бе?

Жуўап: “Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Нызамның 12-1-статьясына муўапық, кеминде 20 жыллық жумыс стажына ийе болған ҳаял-қызлар 54 жаста пенсия алыў ҳуқықына ийе.

Бунда жумыс стажы усы Нызамның 37-статьясының “а”-“г”-киши бәнтлеринде көрсетилген стаждан ибарат болыўы керек.

Мағлыўмат ушын, улыўма қағыйдаға муўапық, еркеклер 60 жаста 25 жыллық жумыс стажы менен, ҳаял-қызлар 55 жаста 20 жыллық жумыс стажы менен пенсияға шығыўы мүмкин.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги