Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебинде спорттың гандбол түринен 19 жасар ерлер ҳәм қызлар арасында  Қарақалпақстан кубоги болып өтти.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан спортшылар қатнасып, өзлериниң күшлерин сынақтан өткерди.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста ерлер арасында 1-орынды Шымбай районы, 2-орынды Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектеби, 3-орынды Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектеби ийеледи.

Ал, қызлар арасында 1-орынды Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектеби тәрбияланыўшылары ийелеген болса, 2-орын Шымбай районы, 3-орын Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектеби командасына несип етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы