Мǝжбурий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның аймақлық бɵлимлери тǝрепинен физикалық ҳǝм юридикалық тәреплердиӊ бузылған ҳуқықларын тиклеў жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.

Усы жылдын ɵткен дǝўиринде алдын суд қарары менен тийкарсыз судланған пуқараның бузылған ҳуқықы тиклеп  берилди. Атап айтқанда, пуқара Р.Файзуллаевқа алдын ислемеген жынаяты ушын 4 жыл азатлықтан шеклеў жазасы тайынланып, оған жеткерилмеген зыянын қаплаў ушын пул тɵлетилген. Бирақ, ол Қарақалпақстан Республикасы судының қарары менен ɵзине қарата қолланылған жазадан азат етилип, ақланған.

Усыған тийкарланып жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды тǝрепинен 2023-жыл 14-ноябрьде Р.Файзуллаев тǝрепинен жеткерилген зыян сыпатында тɵленген 474  миллион 769 мыӊ 79 сум пулды “Қарақалпақ Агросервис МТП” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ɵндириў ҳаққында уйғарыў шығарылған. Бул суд ҳүжжети Бюроның Нɵкис қалалық бɵлими ис жүргизиўине усы жыл 10-январь күни келип түскен ҳǝм орынлаў ҳǝрекетине кирисилген.

Алып барылған орынлаў ҳǝрекетлери даўамында, қарыздар жǝмийеттиң банк есап бетлери хатлаўға алынды. Нәтийжеде 474 миллион 769 мыӊ 79 сум пул “Қарақалпақ Агросервис МТП” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ банк есап бетинен усы жыл 5-февраль күни толығы менен мǝжбүрий тǝртипте Р.Файзуллаевтың пайдасына толық ɵндирип берилип, пуқараның бузылған ҳуқықы тикленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги