Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында жеке қурамныӊ арасында коррупцияға жол қоймаў, оныӊ алдын алыўға бағышланған профилактикалық ушырасыў болып өтти.

Илажда басқарма баслығыныӊ орынбасары О.Қадиров бүгинги күни Президентимиз тәрепинен бажыхана тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм исенимди ақлап, күш-жигер менен хызмет етиў кереклигин атап өтти.

Миллеттиӊ заўалы болып есапланатуғын коррупция ҳәр заманда да жәмийеттиӊ тамырына балта урыўшы иллет сыпатында қараланып келинген. Бүгин бажыхана уйымлары хызметкерлерин арасында дәмегөйлик, парахорлық сыяқлы жынаятларға қол урылмаслығын тәмийинлеў мақсетинде жеке қурам менен турақлы түрде профилактикалық ушырасыўлар өткерилип келинбекте.

 

Илажда мәмлекетимиздиӊ экспорт потенциалын арттырыў, мәмлекетимиз бюджетине бажыхана төлемлериниӊ толық ҳәм дурыс өндирилиўин  тәмийинлеў сыяқлы жуўапкерли ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў ҳәр бир бажыханашыныӊ жуўапкерли ўазыйпасы болып табылатуғыны, соныӊ ушын да ҳеш бир хызметкердиӊ антына қыянет етип, материаллық мәпдар болыўына ҳақысы жоқ екенлиги түсиндирилди.

Басқарма ҳәм оныӊ барлық бажыхана постларында хызметтиӊ дурыс шөлкемлестирилиўи, хызметкерлер тәрепинен товар ҳәм транспорт қураллары, пуқаралар ҳәм оларға тийисли болған жүклердиӊ бажыхана қадағалаўынан толық өткерилиўи, орынлаў тәртибиниӊ тәмийинлениўи, соныӊ менен бирге, хызметкерлердиӊ сергеклигин арттырыў мақсетинде быйылғы жылдыӊ январь айыныӊ өзинде 3 мәрте жасырын тәризде тексериў өткерилди. Хызмет ўазыйпаларына бийпәрўа қатнаста болып, белгиленген ўазыйпаларын толық орынламаған хызметкерлерге интизамый жаза шаралары қолланылды.

Коррупцияға қарсы гүресиўге  жәмийетимиздиӊ ҳәр бир ағзасы жуўапкер болып табылады. Солай екен, егер де кимде-ким бажыхана хызметкериниӊ нызамсыз ҳәрекетиниӊ гүўасы болса Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасыныӊ исеним телефонына мүрәжат етиў мүмкинлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги