Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ “Ветеринария ҳәм зооинженерия” факультети тәрепинен қызлар арасында “Факультет гөззалы” таӊлаўы өткерилди.

Қызықлы өткен таӊлаўда 12 студент-қыз қатнасып, белгиленген 4 шәрт бойынша өзлериниӊ шеберлигин көрсетти. Әсиресе, “Ҳәр миллеттен бир мийман” атамасындағы шәрт даўамында қызлар түркмен, қазақ, әзербайжан, рус, украин ҳәм корейс миллетиниӊ үрп-әдетлери менен дәртүрлерин көрсетиўге ҳәрекет етти. Түрли миллеттиӊ миллий кийимлериндеги қызлар атқарыўындағы нақыл-мақаллар айтыў, қызлардыӊ тәрбиясына байланыслы саҳна көринислери жыйналғанларда жақсы тәсир қалдырды.


Таӊлаў жуўмағында факультеттиӊ 1-курс студенти Зарина Зәрипбаева биринши орынды ийелеп, “Факультет гөззалы” номинациясына ылайық деп табылды.

Сыйлықлаў мәресиминде жеӊимпаз ҳәм белсене қатнасқанларға диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.  Қатнасыўшыларға филиалдыӊ талантлы жасларынан қуралған “Қаракеӊше онлайн” топарыныӊ концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги