Бүгин мәмлекетимизде инвестициялық тартымлылықты арттырыў, санаат кәрханаларында өндириске  сырт ел инвестиция қаржыларын тартыў, өндиристиӊ көлемин ҳәм елимиздиӊ сыртқы саўда айланысында экспортқа шығарылатуғын товарлардыӊ үлесин көбейтиў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы быйылғы жылы  34 жойбардан жәми  604 миллион АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестициясын ҳәм  кредитин өзлестириўге жуўапкер етип бекитилди.

Усы кәрханаларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў процесслери ҳәм ушырасып атырған машқалалар менен танысыў мақсетинде  Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасыныӊ баслығы  И.Казаков Нөкис қаласындағы “Karakalpak basaltwool” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, жойбар менен жақыннан танысты.

Улыўма баҳасы 52,8 миллион АҚШ долларына белгиленген бул жойбарды әмелге асрыў ушын  5 гектар жер майданы ажыратылған болып, бүгинги күни қурылыс жумыслары алып барылмақта. Өзине тән базальт минералынан ыссылық  сақлаўшы материалларды ислеп шығаратуғын кәрхананыӊ иске түсирилиўи менен  жергиликли 250  адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленеди. Жылына 40 мыӊ тонна өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе кәрханада ислеп шығарылған өнимниӊ 80 проценти сырт елге экспортқа шығарылыўы режелестирилген.

Жетик идеялар тийкарында исбилерменлик пенен ойланған бундай инвестициялық жойбарлардыӊ әмелге асырылыўы халықтыӊ абаданлығына хызмет етип, экспорт көрсеткишлериниӊ артыўына тийкар жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги