Өзбек халқының уллы шайыры, әдалатлы сәркарда Заҳриддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 541 жыллығына бағышланып 21131- санлы Арқа-Батыс округинде әскерий хызметкерлер ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент жаслары ортасында «Зәкаўат» ойыны болып өтти. Онда әскерий хызметкерлердиң «Темурийлер», «Бабурийлер» ҳәм институттың мектепке шекемги тәлим факультетиниң «Авесто» , «Юксалиш» командалары өз-ара беллести.

Ойында шайырдың шығармалары ҳәм оның өмир жолынан сораўлар берилип, ҳәр бир команда шаққанлық ҳәм тапқырлық пенен шешиўге ҳәрекет етти.

Ойын жуўмағында «Авесто» биринши, «Юксалиш» командасы екинши, «Бабурийлер» командасы үшинши орынды ийеледи. Жеңимпазлар ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

-Бундай беллесиўлер жаслардың билим дәрежесин арттырыў менен бирге, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырады,-дейди беллесиўде төрешилик еткен Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме-китапхана орайы хызметкери Ж. Тлеўбаева.


Қарақалпақстан хабар агентлиги