O’zLiDeP Кегейли районы Кеӊеси ҳәм “Нуроний” фондыныӊ районлық бөлими менен биргеликте бир топар нуранийлардыӊ Мойнақ районына саяхаты шөлкемлестирилди.
Буннан гөзленген мақсет, ишки туризмди раўажландырыў, кексе әўлад ўәкиллериниӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, Президентимиздиӊ басламасы менен Мойнақ районында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырыў болып табылады.
Саяхат даўамында нуранийлар Арал теӊизиниӊ тарийхы туўралы пикирлесип, райондағы музей экспонатлары менен танысты. Буннан кейин “Ҳәким ата” мақбарасын зыярат етип, бул жерде өткен ата-бабаларымыздыӊ руўхына дуўалар оқылды.
Соӊғы жыллары районда әмелге асырылған қурылыс ҳәм абаданластырыў, халықтыӊ турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылған жумыслар нуранийларда айрықша тәсир қалдырды. Буннан кеўиллери толған олар кексе әўлад ўәкиллерине жаратылып атырған шараятларға, соныӊ менен бирге, саяхатты шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық бирдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги