Улыўма билим бериў мектеплеринде дүнья тәжирийбелеринен үйрениў, бизге дурыс келетуғынларын мектеплеримизде де қолланыў әмелияты жыл сайын артып бармақта.

Шоманай районындағы қәнигелестирилген мектепте өткерилген ата-аналар жыйналысы да жаңалық сыпатында, жаңа форматта өткерилди.

Мақсет – мектеп оқыўшыларының ата-аналары менен бирге ислесиў, олардың перзентлериниң тәртип-интизамы, сондай-ақ, оқыў барысындағы жетискенликлери менен кемшиликлерин бирге додалаў  болып есапланады.

Мектептиң 6-класында ата-аналар жыйналысы өткерилип, онда класс басшысы Г.Турсынованың басламасы менен «Китапқумар шаңарақ» атамасында викторина ойынлары өткерилди.

Ата-аналарға алдыннан оқыў ушын тапсырылған китаплардан сораўлар дүзилип, ата-аналар перзентлери менен биргеликте дүзилген сораўларға жуўап берди.

– Мениң қызым Мырзабаева Райхан усы класста оқыйды. Оның ата-аналар жыйналысы болады, дегенине келип едим. Бул жыйналыс бурынғыдан басқаша өтти. Ата-аналар жыйналысып, перзентлериниң жетискенлиги ҳәм қәте-кемшиликлерин билип ғана қоймай, бул жерде китап оқыў арқалы алған билимлериниң ядта қаншелли дәрежеде қалған-қалмағанын да сынап көрди. Ата-аналар да бир-бири менен сөйлесип, жақыннан танысып пикир алысты,-дейди Бегмуратова Мияссар.

Викторинада сораўларға дурыс жуўап берип, жеңимпаз болған ата-аналар хошаметленип барылды.



Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги