Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қытай Халық Республикасының «Chui Zhou Chen» компаниясының директоры Чин Чаожеа менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў даўамында басқарма баслығы Казбек Артыков Қарақалпақстан Республикасында бар ресурслар, өндирис көрсеткишлери ҳәм бизнес тараўын раўажландырыў бойынша инвесторлар ушын барлық қолайлы имканиятлар жаратылғанлығын атап өтти.

Сондай-ақ, тәреплер Қарақалпақстан Республикасында заманагөй технологияларды әмелге енгизиў арқалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Буннан соң басқарма баслығы К.Артыковтың басшылығында қытайлы исбилермен Чин Чаожеа Тақыятас районында болып, исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм инвестиция киргизиў мақсетинде бос турған имаратлардың жағдайы менен танысты.



– Биз Қарақалпақстан Республикасында пластикалық трубаларды ислеп шығарыў бағдарында исбилерменлик жумысымызды баслаўды, бул бағдарда 500 мың долларлық инвестиция киргизиўди ҳәм жумыссыз адамларды жумыс пенен тәмийинлеўди өз алдымызга мақсет еттик,-дейди «Chui Zhou Chen» компаниясының директоры Чин Чаожеа.

Тәреплер заманагөй жойбарларды әмелге енгизиў бағдарында гезектеги ушырасыўларды өткериўге келисип алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги