Боксшилеримиздиң Болгариядағы табысы

316

Болгария пайтахты София қаласында бокс бойынша «Странжа» турнири болып өтти.

Оған пүткил дүньяның 30 ға шамалас мәмлекетинен 260 дан аслам боксшилер қатнасты. Қатнасыўшылар арасында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 6 алтын, 2 гүмис ҳәм 6 қола медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, командамыз ағзаларынан -50 кгда Сабина Бобокулова, -54 кг да Ҳўжаназар Нортожиев, -60 кг да Абдумалик Ҳалоков, -71 кг да Иқболжон Ҳолдоров, -75 кг да Жавоҳир Умматалиев ҳәм +92 кг да Жаҳонгир Зокировлар алтын, -57 кг да Шаҳзод Музафаров пенен -63,5 кг да Адҳамжон Муҳиддинов гүмис, -57 кг да Ҳуморабону Мамажонова, -51 кг да Асилбек Жалилов, -54 кг да Ҳасанбой Дўсматов, -60 кг да Дилшод Абдумуродов, -75 кг Фазлиддин Эркинбоев ҳәм -86 кг Самандар Жалоловлар қола медальларын жеңип алды.

Сондай-ақ, бул жарыста ҳиндстанлы боксшилер екинши, Болгария сайланды командасы үшинши орынға ылайық деп табылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы