ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, ϴзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы,   O’zLiDeP фракциясының басшысы  Актам Хаитов  Беруний районында болып,  халықтың, соның ишинде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақлардың дәраматын арттырыў бойынша алып барылып атырған жумслар менен танысты.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, соңғы жыллары аграр тараўын реформалаў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Базарларды, қала берсе халқымыз дастурханының молшылығын тәмийинлеў жолында күни-түни мийнет етип атырған дийқан-фермерлеримиз тек ғана шаңарағының емес, ал экономикамыздың да әҳмийетли сүйениши болып есапланады. Әсиресе, фермерлик аўыл хожалығында шешиўши күшке айланды. Тараўда жетистирилип атырған өнимлердиң дерлик бәршеси олардың үлесине туўра келеди.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарларда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, олардың дәраматын арттырыў, “Бир аймақ — бир өним” принципи тийкарында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди кеңейтиў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде “Озод Интенсив боғ” фермер хожалығында семинар өткерилди. Онда усы принцип тийкарында дийқан хожалықларының жумысларын шөлкемлестириў, экспортқа шығарылатуғын өнимлерди жетистириў тәжирийбеси көрсетилди. Сондай-ақ, район мысалында дийқан хожалықларын сапалы туқым менен тәмийинлеў, экспортшы-агрегаторлар менен бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.


Семинар қатнасыўшыларына Президентимиздиң “Дийқан хожалықларын шөлклестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында дийқан хожалықларын шөлкемлестириў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, экспорт потенциалын арттырыў, кооперация принциплери тийкарында экспортқа шығарылатуғын егинлерди жайластырыў, кепилликли сатып алыў мәселелери додаланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги