Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясының ағзасы  Ахмет Реймов өзи сайланған Нөкис қаласындағы  Қоскөл  мәкан пуқаралар жыйынында болып, сайлаўшылар менен ушарысты.

Дәслеп Президентимиздиң 2023-жыл 13-июль күнги “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарары тийкарында республикамызда мәҳәллелердиң инфраструктурасын жетилистириў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўы, ушырасып атырған машқалаларды нәтийжели шешилиўин материаллық жақтан тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир мәҳәллеге  500 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылған еди. Депутат усы қарар тийкарында ажыратылған қаржының мақсетли жумсалыўын үйренип шықты.

Буннан кейин аймақтағы сайлаўшылар менен ушырасты. Онда сайлаўшыларға мәмлекетимизде  қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын бойынша исленип атырған жумыслар атап өтилип, оларды қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады. Олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар нызам тийкарында тийисли уйымлар менен биргеликте үйренип шығыўға келисип алынды.

Ушырасыў соңында аймақтағы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги