Қыйтақ жер-мол дәрамат дереги. Сондай-ақ, қыйтақ жер адамды мийнет сүйиўшиликке бағдарлап,  шаңараққа қосымша дәрамат болары сөзсиз.

Хожели районы «Шағалкөл» мәҳәллесинде жасаўшы фермер К. Нурымбетовтың үй алды қыйтақ жеринде Президентимиздиң 10.09.2022-жылғы «Дийхан хожалықлары шөлкемлестирилиўин қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматын арттырыў бойынша қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында көргизбели оқыў семинары шөлкемлестирилди. Оған район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Р. Юсупов, районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы Ю. Бекмуратов, тараўдың жуўапкер қәнигелери қатнасты.




Семинарда «Бир аймақ-бир өним» ҳәм кооперация принциплери тийкарында  пайдалы және экпортта талап күшли болған егинлерди ақылға уғрас жайластырыў, кепилликли сатып алыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлаў, соның менен бирге, экспорт потенциалын арттырыў бойынша сөз етилип , ҳәр бир мәҳәлледе бир өнимнен жетистирип шығарыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. Буннан соң қатнасыўшылар өзлериниң пикир усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги