Президент басшылығында аграр тараўдағы тийкарғы ўазыйпалар ҳәм режелерге бағышланған мәжилис болып өтпекте.
Тараўда есап-санақ тәртибинде де кемшиликлердиң бар екени айтылды.
Мәселен, кластерлердиң фермерлер алдындағы қарыздарлығы еле толық төленбеген.
Жаңа системаға бола, алдынғы қарызын 1-апрельге шекем жаппаған кластер менен фьючерс шәртнамасы бийкарланады ҳәм фермерге пахтаны биржада сатыўға рухсат бериледи.
Мағлыўматты электрон платформаға толық киргизген ҳәм фьючерс шәртнамаға қол қойылған фермерге кредит көби менен үш күн ишинде ажыратылыўы шәрт екени атап өтилди.
ӨзА