Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 1-февраль күнги 62-санлы «Халыққа дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын ижара ҳуқықы тийкарында жер майданларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында  көргизбели оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Ф.Эрманов, район ҳәкими З. Зайтов ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.



Семинарда дара дийқан хожалықларының қыйтақ жерлеринде «Бир аймақ –бир өним» ҳәм кооперация принциплери тийкарында пайдалы және экспорт ушын зәрүр болған егинлерди егиў, кепилликли сатып алыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, экспорт потенциалын арттырыў, ҳәр бир мәҳәлледе бир өнимнен жетистирип шығарыў бойынша жуўапкер хызметкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги