Елимизде алып барылып атырған реформалардың әмелге асырылыўында, ғәрезсизигимизди беккемлеў ҳәм халқымыздың аўызбиршилигин сақлаўда ҳаялызлардың орны айрықша. Бүгин кайсы тараўды алып қарамайық, оларда ҳаялқызлардың белсендилигин көремиз. Президентимиз тәрепинен ҳаялқызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллапқуўатлаў, жәмийетликсиясий, социаллықэкономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаялқызларды жәмийетимиздиң барлық тараўларында өз қәбилетин, имканиятын көрсетиўине кеңнен жол ашылды.

БМШ Бас Ассамблеясының 2015-жыл 22-декабрь күнги 70-сессиясында 11-февраль күнин «Илим ҳәм билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар күни» ретинде рәсмий жәрияланып, 2016-жылдан баслап көплеген мәмлекетлерде кең түрде белгиленип келинбекте.

Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ҳаял-қызлар кеңеси тәрепинен «Илим ҳәм инновацияларды раўажландырыўда ҳаял-қызлардың тутқан орны» атамасында илимий конференция болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жуўаплы хаткери Б.Айымбетова, илимпаз ҳаял-қызлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда сөзге шыққан университет ректоры А. Реймов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, ҳаял-қызлардың илимде тутқан орны ҳәм қосып атырған үлеслери ҳаққында айтып өтти. Буннан соң сөзге шыққанлар «Илим ҳәм билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар күни» ниң белгилениўи менен илимпаз ҳәм илимий дөретиўшилик жумысларын алып барып атырған ҳаял-қызларға итибардың күшейтилгенлигин, бундай имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, барлық тараўларда табыслы жумыс ислеп атырғанлығын атап өтти.

-«Илимниң қыйыншылықларын  жеңип, оның раўажланыўына үлес қосыўы менен бирге, турмыста әдиўли ана болып перзент тәрбиясына  қоса жасларға устазлық етип киятырған  ҳаял-қызлар оқыў орнымызда көпшиликти қурайды. Жасы үлкен нураный устазлардың ислерин қызларымыз өзлерине өрнек тутып, жас илимпазлар жетисип шықпақта. Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларымызға илим жолында жаратып берген барлық имканиятлар ушын миннетдаршылығымыз шексиз, -дейди университет ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова.




Илаж соңында белсенди илимпаз ҳаял-қызларға  ҳүрмет көрсетилип, талантлы жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.


Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы