Ҳәзирги күнлери  Әмиўдәрья районында жол қурылысы тараўындағы кемшиликлерди сапластырыў бойынша қурылыс жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда 4r160 автомобиль жолының 55-57 км бөлеклеринде жол қапламасын оңлаў ислери әмелге асырылмақта. Нәтийжеде  2 км аралықтағы жоллар оңланып, пуқаралардың пайдаланыўына тапсырылады.


Тийкарынан аймақтағы 4r160 автомобиль жолының 55-80 км аралығын  сақлаў, 4r181 автомобиль  жолының 0-15 км бөлегиндеги көпирлерди ҳәм аймақтағы , 4k6 «Маңғыт айланба жол» автомобиль  жолының 0-9 км бөлегиндеги жолларды сақлаў жумыслары  исленбекте. Соннан, жумысшылар тәрепинен BDO-3, темир бетон үстинлер ҳәм жол бордёрларын  ҳәклеў ҳәм қара бояўлар менен бояў, жабайы шөплерден тазалаў, жол жағасын грейдер жәрдеминде тегислеў ислери алып барылмақта.




  Қарақалпақстан хабар агентлиги