Ташкент қаласында аўыр атлетика бойынша ересеклер арасында өткерилген Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Ерлер арасында өткерилген жарыста -109 кг салмақта Шарофиддин Амриддинов штанганы тиккесине көтериўде Олимпиада ойынларының чемпионы ҳәм рекордшысы Руслан Нуруддиновты 1 кг ға артта қалдырып, алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, силкип көтериўде болса, Руслан өзиниң тәжирийбесин көрсетип, Шарофиддинди артта қалдырыўға еристи ҳәм улыўмалық көрсеткиш бойынша 382 кг (175+207) нәтийже менен алтын медальды жеңип алыўға еристи.

Ал, Шарофиддин Амриддинов болса, 381 (176+205) кг нәтийже менен чемпионаттың гүмис медалын қолға киргизди.


Сондай-ақ, бул жарысқа 102 кг салмақ категориясында қатнасқан және бир Олимпиада чемпионы Акбар Джураев барлық қарсыласларынан жоқары нәтийже көрсетип, Азия чемпионы атағына миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы