Мәжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районлық бөлиминиң ис жүргизиўиндеги Ири салық төлеўшилер бойынша аймақлар аралық салық инспекциясының 2023-жыл 4-декабрьдеги қарарына муўапық қарыздар “Amudaryotex” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен мәмлекет пайдасына 7,7 миллиард сум салық қарздарлығын өндириў белгиленген.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районлық бөлими  тәрепинен қарыздар “Amudaryotex” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине орынлаў ҳүжжети талабын орынлаў ушын 15 күнлик ықтыярлы мүддет берилди. Берилген мүддет ишинде қарыздар тәрепинен   орынлаў ҳүжжетти орынланбағанлығы себепли қарыздардың тийкарғы банк есап бетине инкассо қойылып, барлық есап бетлери  ҳәм мүлклерине қадағалаў орнатылды.

Нәтийжеде қарыздардан өндирилиўи тийис болған 7,7 миллиард сум салық қарздарлығы толық өндирилди. Усы пул қаржылары мәмлекет бюджетине өткерилди ҳәм орынлаў ҳүжжетиниң әмелде орынланыўы тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги