Бүгин Нөкис қаласында республикамыз аймағындағы автомобиль жолларында инсан қәўипсизлигин исенимли тәмийинлеў ҳәм ҳәр қыйлы бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен 2023-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Оған басқарма басшылары, Жаслар ислери агентлиги, транспорт министрлиги, Қарақалпақ автожол басқармасының жуўапкер хызметкерлери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқытыўшылары, студентлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлериниң атқаратуғын ўазыйпалары, соңғы  жыллары басқармаға алып келинген жаңа техника ҳәм заманагөй техникалар менен жақыннан танысып, олар бойынша кең түсиниклерге ийе болды.

Соңынан Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығы С.Казбеков 2023-жылы басқарма хызметкерлери тәрепинен жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, республикамыз аймағында жол инфраструктурасы менен байланыслы кемшиликлер ҳәм оны сапластырыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.


Буннан соң илаж қатнасыўшылары тәрепинен басқарма басшыларына бүгинги күни кең жәмийетшиликти ойландырып жүрген мәселелер ҳәм соңғы жыллары нызамшылығымызға киргизилип атырған өзгерислер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.




-Бүгинги әнжуманда өзим ушын оғада зәрүр болған көплеген мағлыўматларды алдым. Усындай ашық байланыслар тез-тезден өткерилип турса, жол ҳәрекети тараўында көплеген бахытсыз ҳәдийселердиң алды алынған болар еди, -дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс студенти Эллада Сәрсенбаева.

Сондай-ақ, илажда Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен исленип атырған жумысларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириўде белсене хызмет етип атырған хызметкерлерге басқарманың Миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы