Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып тур.

Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Беларусь арасында көп тәреплемели қатнасықлар сапа жағынан жаңа, және де жоқары басқышқа көтерилди, көплеген тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиў раўажланып бармақта.

8-февраль күни болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко Биргеликтеги билдириўди қабыл етти.

Мәмлекет басшылары жанында бир қатар әҳмийетли еки тәреплеме ҳүжжет ҳәм келисимлерге қол қойыў мәресими болып өтти. Илажларда қатнасқан Беларусь Республикасы спорт ҳәм туризм министри Сергей Ковальчук спорт тараўында әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында пикир билдирди:

– Биз Өзбекстан менен бирге ислесиўде тийкарғы итибарды қысқы спорт түрлерин раўажландырыўға қаратпақшымыз. Бизде биатлон, хоккей сыяқлы спорт түрлери жақсы раўажланған. Бул бағдарда Өзбекстанда спортшыларды таярлаў процесинде белсене қатнасыўға таярмыз.

Өз гезегинде, Өзбекстанда күшли раўажланған спорттың бокс, таэквондо, жеке гүрес түрлери бойынша байланысларды күшейтиўден мәпдармыз. Биргеликтеги бундай интеграция халықаралық аренаға шығыўда үлкен нәтийже береди, деп ойлайман.

Келешекте спорт билимлендириўи бағдарында да үлкен жойбарларды режелестирип атырмыз. Беларусь денетәрбия институты Өзбекстандағы денетәрбия университети менен биргеликте кейинги бес жылда биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын турмысқа енгизип келмекте. Сондай-ақ, спорт медицинасы да тийкарғы бағдарлардан бири. Бул бағдардағы жойбарларды биргеликте даўам еттиремиз ҳәм әмелге асырамыз.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзА