Сенат Баслығы: ҳәзирги миллий раўажланыўымызда Наўайыны аңлап жетиў оғада әҳмийетли

267

Сенаттың елиўинши жалпы мәжилиси даўам етпекте. Мәжилисти кирис сөзи менен ашқан Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева бүгин уллы шайыр ҳәм ойшыл, өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы Әлийшер Наўайының туўылған күни екенине итибар қаратты.

– Уллы бабамыздың 583 жыллығы мәмлекетимиз бойлап кеңнен белгиленбекте – деди Т.Норбоева. – Мине дерлик алты әсир, Наўайының теңсиз дөретиўшилиги, терең философиялық, улыўма инсаныйлық идеялары тек ғана түркий халық емес, ал пүткил дүнья жүзи халықларының руўхый турмысында шексиз орын ийелеп келмекте. Атап айтқанда, инсан қәдирин улығлаў, халықты разы етиў тийкарғы мақсетке айланған ҳәзирги миллий раўажланыўымызда Наўайыны аңлап жетиў оғада әҳмийетли.

Улыўма етип айтқанда, уллы ата-бабаларымыздың руўхый мийрасы ҳәзирги күнимиз ушын да әҳмийетли екенин атап өтиў керек. Бул, бәринен бурын, ўатансүйиўшилик, тынышлықты қәдирлеў, мәмлекетшиликти беккемлеў, инсанлар, миллетлер, халықлар арасында шын кеўиллик, мийрим-шәпәәт ҳәм дослық байланысларын улығлаў сыяқлы ийгиликли идеяларда көринеди.

– Сол себепли, Наўайы атамыздың, қалаберди, барлық ата-бабаларымыздың мийрасын қәдирлеўимиз, улығлаўымыз, ҳәм ең әҳмийетлиси, дурыс түсинип жеткен ҳалда турмысымызға, ислеримизге жедел енгизиўимиз керек. Бүгин елимизде алып барылып атырған реформалар тез пәт пенен бизден, мине, усындай жедел ислеўди талап етпекте. Реформалардың нызамлы тийкарларын беккемлеў, әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелерди өз ўақтында, ҳәр тәреплеме көрип шығыўымыз ҳәм шешиўимиз зәрүр, – деди Сенаттың Баслығы.

Н.Абдураимова, ӨзА