Кадастр: Нызамсыз қурылысқа жол қойылмайды

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилди.
Баспасөз конференциясында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары С.Урунбаев, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының сектор баслығы Р.Қосманов өткен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.


Атап өтилгениндей, жер түриниң қайсы категорияға кириўине қарамастан жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеўдиң, нызамсыз қурылыслардың алдын алыў ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықлардың дизимнен өткерилиўин тәмийинлеў, жер қадағалаў илажларын шөлкемлестириў басқарманың тийкарғы ўазыйпалары есапланады.
Усы ўазыйпалардан келип шығып, өткен жыл даўамында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен әмелге асырылған жер қадағалаў жумыcлары даўамында юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң 877,7 гектарлық жер майданын өзбасымшалық пенен ийелегени бойынша 2716 жағдай анықланды. Оларға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, ескертиў хатлары берилди.
Көрилген илажлар ҳәм түсиник жумысларының нәтийжесинде нызамға қарсы түрде алып қойылған 793,5 гектар жер майданы мәмлекетлик резервке қайтарылды. 750 жағдайда нызамсыз ийеленген 649,04 гектар жер майданын мәжбүрий қайтарып бериў бойынша судларға даўа арзалары киргизилди. 335 жағдайдағы 10,61 гектар жер бойынша суд уйымларындағы суд процеси даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытта 937 жағдайда анықланған 374,16 гектар жер майданын мәмлекетлик резервке қайтарыў илажлары көрилмекте. Жер нызамшылығының бузылыўында жынаят белгилери болғанлығы ушын 115 ҳүжжет прокуратура уйымларына жиберилди.
Басқарма, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен ϴзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьялары менен 2819 пуқараға ҳәкимшилик жәрийма қолланылды.
Жер менен байланыслы нызам бузылыўлардың алдын алыў, пуқараларға жерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў нызамсыз екенлигин түсиндириў мақсетинде тастыйықланған реже тийкарында орынларда көшпели қабыллаўлар, халық пенен турақлы ушырасыўлар өткерилип келинбекте.
– 2023-жыл даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық филиаллары тәрепинен 16 миллион 656 мың 123 гектарға шамалас жер майданларынан 16 миллион 350 мың 500 гектары (98,1 проценти) миллий геоахборот системасына, «Ўзкад» бирден-бир интергацияланған программасына киргизилди,-дейди Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары С.Урунбаев.
Бул халқымызға, мәмлекетимизге қандай пайда береди, дегенде, алдынлары жер баланс есабатлары тек ғана қағаз таблицалардағы санларда көрсетилгенлиги себепли тийисли өзгерислерди киргизип барыў инсан факторына байланыслы болып, қолда ислеп келингенлигин айтыўымыз мүмкин. Ал, «Ўзкад» бирден-бир интеграцияланған системасында болса, жер майданларының бөлиниўи, шегаралары ҳәм жерге байланыслы барлық мағлыўматлар электрон карталарда көрсетилгени, барлық жерден пайдаланыўшылардың ҳуқықлары кепилленгени, жер ҳәм мүлк салықларының есапланыўы ҳәм төлениўиниң ашық-айдынлығы принциплери тәмийинленгенлиги сыяқлы унамлы нәтийжелери бар.
2024-жылғы көрсеткишке қарағанда Қарақалпақстан Республикасында жәми 459376 көшпес мүлк бар. Юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге исбилерменлик мақсетлери ушын аукцион саўдалары арқалы 1453 жер майданы, жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ушын онлайн аукцион арқалы 240,44 гектар жер майданының 2529 ы реализацияланды.




Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 27-июльдеги 119-cанлы пәрманына муўапық Хожели районындағы 88, Тақыятас районындағы 144 турақ жайдың мүлк ҳуқықын белгилеў бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылып, қарарлары мүлк ийелерине тапсырылды. Быйыл бул бағдардағы жумысларды басқа районларда да әмелге асырыў режелестирилмекте.
Баспасөз конференциясында қатнасқанлар пуқаралардың жерден нызамсыз түрде пайдаланып турақ жайлар салыўының алдын алыў, жер алыўдың тәртип-қағыйдалары ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги