1-класс оқыўшыларына бир ҳәпте дем алыс бериледи
245

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары менен тастыйықланған Режеде улыўма орта билим бериў мектеплеринде 1-класс оқыўшыларына қосымша дем алыс белгиленетуғыны нәзерде тутылған.
Режеге бола, 1-класс оқыўшылары ушын февраль айы даўамында қосымша бир ҳәптелик дем алыс белгиленеди.
Дем алыс мүддети мектептиң педагогикалық кеңесиниң қарары тийкарында белгиленеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги