Қатар да Транс-аўған темир жолы қурылысы жойбарында қатнасады

229

6-февраль, сәршемби күни Өзбекстан, Аўғанстан, Пакистан ҳәм Қатар транспорт министрликлериниӊ жоқары мәртебели ўәкиллери Ташкентте ушырасты. Нәтийжели сөйлесиўлер барысында төрт мәмлекеттиӊ транспорт департамаентлери басшылары жойбардыӊ түрли тәреплерин, атап айтқанда, қаржыландырыў механизмлери, қурылыс ҳәм техникалық нюансларды додалады.

Прогрессив реформалар орайыныӊ атап өтиўинше, Қатардыӊ қатнасыўы жойбарға қосымша әҳмийет берип ғана қоймай, ал нәтийжели әмелге асырылыўы ушын имканият жаратады.

Шама менен 600 километрди, тийкарынан Аўғанстан ҳәм Пакистан бойлап өтетуғын Транс-аўған темир жолы регионаллық саўда ҳәм бирге ислесиў ушын үлкен экономикалық перспективаларды жаратады. Жойбарды әмелге асырыўдағы тийкарғы тосықлардан бири бул- қаржыландырыў. Усы мүнәсибет пенен Аўғанстан алдынырақ Россия ҳәм Қазақстанды да жойбарға тартыўға умтылған еди. «Талибан» ҳүкиметиниӊ Саўда ҳәм санаат министри Нуриддин Азизий ҳәттеки, Пакистан, Россия, Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасында бирге ислесиўди жолға қойыў ушын Кабулда муўапықластырыўшы уйым шөлкемлестириўди усыныс еткен еди.

«Еӊ әҳмийетлиси, Қатардыӊ жойбардағы бенефициар мәмлекет ретинде роли жойбарда қатнасыўшы мәмлекетлерге салыстырғанда ҳеш қандай сиясий басымларды жүклемейди. Қатардыӊ қатнасыўы жойбардыӊ нәтийжели болыў итималын арттырып ғана қоймастан, ал оныӊ экономикалық мәплерине да сәйкес келеди, әсиресе оныӊ раўажланып атырған экономикасы шараятында.

Атап өтиў керек, жойбар Қатардыӊ азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде оғада үлкен әҳмийетке ийе болып, темиржол Орайлық Азия ҳәм Аўғанстаннан зәрүр азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў ушын жол ашатуғынын атап өтиў керек», – делинеди орай билдириўинде.

Дәслепки есап-санақларға бола, Транс-аўған темир жолы 5 миллиард долларға баҳаланбақта. Транзит потенциалы болса 20 миллион тоннаға шекем жүк. Бул жойбардыӊ әмелге асырылыўы Орайлық Азия ҳәм Қубла Азия регионларында да транспорт, ҳәм саўда байланысларын раўажландырыў ушын үлкени әҳмийетке ийе, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги