Өзбек тилиниң тийкарын салыўшы, уллы сөз зергери, шайырлар султаны, ойшыл, ағартыўшы ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайының туўылғанына 583 толыўына бағышланған мәдений-ағартыўшылық илажлар елимиз бойлап даўам етпекте.

Нөкис қаласындағы Республика балалар китапханасында да «Наўайыға ҳүрмет» атамасында мәдений-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер Әлийшер Наўайы өз дөретпелери арқалы ҳадаллық ҳәм әдиллик, руўхый жетиклик идеяларын сәўлелендириўши, инсанларды кәмилликке шақыратуғын шын мәнисиндеги халқымыздың мақтанышына айланғанлығын атап өтти.

– Бабамыз Әлийшер Наўайыны қанша мақтасақ та, қаншама тилге алсақ та аз,-дейди Халық депутатлары Нөкис қалалық кеңесиниң депутаты З.Сейтниязова.

Пүткил дүньяда сүйип оқылатуғын, көплеген тиллерге аўдарылған оның шығармалары бир неше әсир өтсе де елеге шекем өзбек халқын, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди, уллы қәдириятларымызды дүньяға танытпақта.

Соның ушын да, ҳәр биримиз уллы шайырымызды мақтаныш етип, Наўайы избасарлары болған бүгинги күн жасларына усы сезимди сиңдириўимиз, Наўайы әўладына мүнәсип болыўға, олардай ел таныйтуғын кәмил инсан болып жетилисиўине бағдарлаўымыз ҳәм қоллап-қуўатлаўымыз зәрүр екенлиги атап өтилди.




Илажда жаслар тәрепинен Наўайы дөретиўшилигинен үзиндилер оқылып, сахналық көринислер арқалы шығармалары атқарылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги