Нызамшылыққа бола, улыўма билим бериў мәкемелериниң хызметкерлерине материаллық жәрдем олардың мүрәжатына бола ямаса улыўма билим бериў мәкемелери кәсиплик аўқамы шөлкеминиң басламасы бойынша:

айрықша жағдайларда, яғный жақын ағайини (әкеси, анасы, өмирлик жолдасы, перзенти) қайтыс болғанда;

хызметкер ямаса оның жақын ағайини (әкеси, анасы, өмирлик жолдасы, перзенти) аўыр жарақат алғанда;

аўыр кеселликке шатылғанда;

хызметкер тәбийғый апаттан зыян көргенде көрсетиледи.

Демек, сиз аўыр кесел болып 10 күн емленгениңиз ушын материаллық жәрдем пулын алыўға ҳақылысыз. Егер материаллық жәрдем пулын бериўди бийкар етсе, районлық (қалалық) Әдиллик бөлимине арза менен мүрәжат етиўиңиз керек. Олар жағдайды үйренип шығып, сизиң материаллық жәрдем пулын алыўыңызға әмелий жәрдем береди.

 

Гүлбахар Ембергенова,

1-санлы кәсип-өнер мектеби

Ислеп шығарыў тәлим устасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги