Излеўдеги әкеден алимент пулы өндирилди

152

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы излеў секторы  ҳәм Шоманай районы бөлими тәрепинен қастан алимент төлемей, жасырынып жүрген қарыздарларды табыў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.

Усы жылдың январь айында алып барылған излеў илажлары даўамында өз перзентин материаллық тәмийинлеўден қашып жүрген әке усланды. Атап айтқанда, пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судының 2018-жылдағы қарарына тийкарланып, өндириўши Б.К.ның тәрбиясындағы бир ержетпеген перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар Р.М.ның ҳәр айда тапқан жәми дәраматынан  ½ бөлеги муғдарында  алимент өндириў белгиленген.

Бул орынлаў ҳүжжети бюроның Шоманай районы бөлими тәрепинен ис жүргизиўине алынған ҳәм орынлаў ҳәрекетине кирисилди. Алып барылған орынлаў ҳәрекетлери даўамында бөлим хызметкерлери тәрепинен қарыздарға алимент төлемлерин өз ўақтында төлемеў ақыбетлери ҳаққында түсиндирилип, ескертиў берилиўине қарамастан, қарыздар әке бир перзенти ушын алимент пулын қастан төлемей, қашып жүргенлиги себепли ислеў жәрияланды.

Оператив-излеў илажлары нәтийжесинде қарыздар әке усы жылдың 29-январь күни табылып, сол күнниң өзинде оннан 20,5 миллион сум алимент пулы өндирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги