Төрткүл районындағы 1-санлы улыў билим бериў мектебинде  2023-2024-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериниң  9-10 ҳәм 11-класс оқыўшылары арасында өткерилген пән олимпиадасының III (Қарақалпақстан Республикасы) басқышында 1-2-3-орынларды ийелеген оқыўшылардың устазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда барлық улыўма билим бериў мектеплериниң директорлары, директорлардың руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары, алдыңғы тәжирийбеге ийе пән муғаллимлери қатнасты.

Атап өтилгениндей, ϴзбекстан Республикасы Президентиминиң 2019-жыл 3-майдағы “Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары маман кадрларды таярлаўдың үзликсиз механизмин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Илажда 22 пән муғаллими, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң 2 методисти, 1 мектеп директорына  ϴзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Төрткүл районлық бөлими тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги