Сенат жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

105

Бүгин, 2024-жылы 9-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиўинши жалпы мәжлиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Соның менен бирге, Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылмақта.

Мәжилис күн тәртибине 10 мәселе киргизилген. Олардың арасында «Кәмбағаллықты қысқартыўда исбилерменлик субъектлери менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиў орнатыўға қаратылған илажлар белгиленгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине кредит миннетлемелерин орынлаў тәртибин жеделлестириў ҳәм халықтың микрофинанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар бар.

Сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы кодексине өртлер профилактикасы нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине пуқаралардың социаллық қорғалыўын және де күшейтиўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ҳаққында»ғы нызамлар додаланады.  Буннан тысқары, Халықаралық мийнет шөлкеминиң мийнет ҳақыны қорғаў ҳаққындағы 95-санлы Конвенциясын (Женева, 1949-жылы 1-июль) ратификация нәзерде тутылған.

2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасы гендер теңликке ерисиў стратегиясын 2023-жылы әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм 2024-жылы әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылады.

Әндижан ўәлаяты аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша «жол карталарын»да белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, Ташкент ўәлаятында исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жағдайы талланады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы қурамына өзгерислер киргизиў де күтилмекте.

Жалпы мәжилисте көрилетуғын барлық мәселелерди ӨзАның рәсмий сайты ҳәм социаллық тармақларындағы бетлери арқалы сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!

 

Норгул Абдураимова, ӨзА