Усы жыл 8-февраль күни Нөкис қаласындағы  Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан-2030” стратегиясы “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы пәрманы жойбарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке түсиндириўге бағышланған илаж болып өтти.

“Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң басламасы тийкарында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте өткерилген илажға белсенди жаслар, волонтёрлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

“Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиӊ баслығы, Жоқарғы Кеӊестиӊ депутаты Т.Романовтыӊ атап өткениндей,  мәмлекетимизде еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, жәмийет реформалардыӊ инициаторы  принципин әмелге асырыў мақсетинде халықтың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын кеңейтиўге қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылып, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы тәмийинленбекте.

Атап айтқанда, “Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында”ғы нызам қабылланды, жергиликли бюджет қаржыларын халықтың пикири тийкарында жумсаў бойынша басламалы бюджет жойбарын әмелге асырыў жолға қойылды. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўден алдын жәмийетшилик додалаўынан өткериў кереклиги белгиленип,  усы сыяқлы көплеген басқа механизмлер әмелиятқа енгизилмекте.

Усы жылдың 30-январь күни “Өзбекстан -2030” стратегиясының “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының жойбары jamoatchilik.uz, uzbekistan 2030.uz платформалары арқалы кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды. Мәмлекетлик бағдарламада 5 бағдар, 100 мақсет, 292 илаж тийкарында ўазыйпалар белгиленбекте. Додалаўлар усы жылдың 31-январынан 9 -февралына шекем даўам етеди. Ҳүжжет жойбарында жасларды ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў, социаллық-экономикалық, мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат бағдарындағы 2024-жылға мөлшерленген реформалар нәзерде тутылмақта.

Халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды  қурыў бойынша ерк-ықрарын әмелге асырыў, ҳәр бир пуқараға өз потенциалын раўажландырыў ушын барлық мүмкиншиликлерди жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң зәрүрли буўынына айналған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде кеӊ жәмийетшилик додалаўына қойылып, усыныслар алынбақта.


Илажда Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының роли ҳәм әҳмийети, әсиресе, жуўапкер шөлкемлер тәрепинен жүкленген ўазыйпалардың ўақтында, сапалы орынланыўы бойынша жәмийетшилик мониторинги ҳәм жәмийетлик тыңлаў сыяқлы илажларды шөлкемлестириў менен байланыслы мәселелер бойынша түсиниклер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги