Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыздағы мәмлекетлик театрларда «Театр күни» илажлары шөлкемлестирилмекте.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы тетарында «Театр күни» шөлкемлестирилип, «Әбиў Райхан Беруний» тарийхый драмасы тамашагөйлер нәзерине усынылды. Илажға Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Б.Темирбаев, республикамызда хызмет сапарында болып турған Президент админстрациясының жумысшы топар ағзалары кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
– Спектакль уллы алым, тарийх, география, филология, астрономия, математика, геодезия, минерология, фармакология, геология ҳәм басқа да көплеген пәнлерге байланыслы бир неше қунлы шығармалардың авторы Әбиў Райхан Берунийдиң туўылғанына 1050 жыл туўылыўы мүнәсибетинде сахналастырылды. Бул сахналық шығармада Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий Ибн Сино ҳәм оның шәкиртлериниң илим бағдарында алып барған жумыслары, сондай-ақ, сол дәўирдеги халықтың аўыр турмысы, қарама- қарсылықлар, Хорезм шахтың халыққа ислеген зулымлықлары сәўлеленген,-дейди спектакль режиссёры Б. Утебаев.
Спектакль кең жәмийетшилик тәрепинен қызғын күтип алынып, жақсы пикирлер айтылды.
Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги