Усы күнлери Ташкент қаласында аўыр атлетика бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте.
Париж Олимпидасына қымбатлы упайлар бериўши бул жарысқа Азияның 34 мәмлекетинен 250 спортшы қатнаспақта.
Кеше болып өткен жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Сарварбек Зафаржонов -89 кг салмақта штанганы тикке көтериўде алтын, тикке ҳәм силтеп көтериў жуўмағы бойынша гүмис медалды қолға киргизиўге еристи.
Сондай-ақ, бул жарыста қатнасқан және бир спортшымыз Суннатилла Ўсаров 3 гүмис медалын қолға киргизди. Ол штанганы тикке көтериўде 161, силкип көтериўде 185 ҳәм еки гүрес нәтийжеси бойынша гүмис медалды жеңип алыўға миясар болды.
-81 кг салмақта қатнасқан Ригина Адашбаева да Суннатилла Ўсаров сыяқлы үш бағдар бойынша да 2-орынды ийелеўге еристи.
Бүгин 87 ҳәм +89 кг салмақ категориялары бойынша жарыслар өткерилип, онда Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан Нигора Сувонова ҳәм Турсынай Жаббаровалар чемпионлық ушын гүрес алып барады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы