Президентимиздиң  басшылығында өткерилген Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық  Кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын және де раўажландырыў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Президент админстрациясы тәрепинен орынларда жумысшы топар ағзалары үйрениў жумысларын алып бармақта.

Усы жылдыӊ 5-6-февраль күнлери республикалық жумысшы топар ағзалары Қарақалпақстан  Республикасында болды. Республикамыздың қала ҳәм районларындағы Мәденият бөлимлери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, улыўма билим бериў мектеплери менен бирге жоқары оқыў орынларында болып, жүзеге келген машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелий жумысларды алып барды.

Соӊғы жыллары мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, тараўда алып барылып атырған жумыслардыӊ нәтийжелилигин арттырыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтиў орынлы. Халыққа, әсиресе, алыс аймақларда жасайтуғын пуқараларға мәдений хызмет көрсетиўдиӊ дәрежесин арттырыў, республиканың барлық аймақларында театр, цирк ҳәм басқа түрдеги ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларын системалы түрде жолға қойыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында қәбилетли жас атқарыўшыларды излеп табыў ҳәм қоллап қуўатлаў, билимлендириў мәкемелерин миллий саз әсбаплары, музыка сабақлықлары, ноталар топламлары ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеўдиң бир тутас системасын жаратыў бойынша бир қатар әҳмийетли жумыслар алып барылмақта.  Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлар тараўдыӊ ҳуқықый базасын беккемлеп ғана қоймай, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға хызмет етпекте.  Әсиресе, 2022-жылы 2-февраль күни қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы  қарары тараў келешегине қойылған әҳмийетли қәдемлердиң бири болды. Усы қарар тийкарында, 2022—2023-оқыў жылынан баслап республикамыздыӊ барлық билимлендириў мәкемелерин  оқыўшы ҳәм студентлердиң музыкалық билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, олардың қәлбинде миллий мәдениятқа болған муҳаббатты қәлиплестириў, жас талантлыларды анықлаўға ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар илажлардың әмелге асырылыўы белгиленип,  республикамыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде 12 атамадағы музыка әсбаплары менен тәмийинлеў көрсетилген. Мектеп питкериўшилериниң ҳәр бирине миллий саз әсбапларынан кеминде биреўинде саз шертиў шеберлиги үйретиледи және бул ҳаққында олардың билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетине (шаҳадатнама) тийисли тәртипте дизимге киргизиў де белгилеп қойылған.

Жумысшы топар ағзалары тәрепинен республикамыздыӊ қала ҳәм районларында алып барылған үйрениў жумыслары даўамында Нөкис қаласы, Қанлыкөл, Шоманай, Қоӊырат ҳ.т.б.да районлардағы улыўма билим бериў мектеплеринде усы қарардыӊ орынланыўын тәмийнлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көзден өткерилди. Айрым мектеплерде жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар билдирилип, әмелий жәрдемлер көрсетилди.

– «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий ансамбли, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан көркем өнер сарайы мәмлекетлик мәкемеси менен бирге Нөкис қаласындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 36-46-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде болып, жумыс барысы менен жақыннан таныстық. Концерт-тамаша шөлкемлериниӊ жумысларын жетилистириў, ансамбльлердиӊ дөретиўшилик потенциалын арттырыў, орынларда лекторлық концертлердиӊ  шөлкемлестирилиўи бойынша жумыслардыӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша усынысларымызды билдирлик, -дейди жумысшы топар ағзасы Анвар Тожибоев.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамыздағы билимлендириў мәкемелеринде  музыка пәни ушын ажыратылған оқыў саатлары шеңберинде «Саз шертиў – өмиримниң мазмуны» сүрени астында нама атқарыўшылығы оқыў сабақлары жолға қойылып, ноталар топламлары ҳәм арнаўлы музыкалық әдебиятлар менен тәмийинлеў, сондай-ақ, тамашагөйлер менен тығыз бирге ислесиўдиң еле де нәтийжелилилигин арттырыў, әсиресе, жасларымыздың музыка мәдениятын жоқарылатыўға қаратылған шеберлик сабақлары, лекторлық концертлерди өткериў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта. Бир ғана өткен жылдыӊ өзинде Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен республикамыздыӊ қала ҳәм районларындағы улыўма билим бериў мектеплеринде  147  лекторлық концертлер, шеберлик сабақлар өткерилди. Ал,  «Мәденият кәрўаны» шеңбериндеги түрли мәдений илажлардың, симфониялық оркестрдиң, театр, цирк шөлкемлериниң республикамыз бойлап гострол сапарлары әмелге асырылды.









-Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек районындағы Мәденият бөлимлериниӊ, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниӊ жумыслары жақсы жолға қойылып, биз улыўма билим бериў мектеплери менен еле де тығыз ислесиў, жасларымыздыӊ көркем өнерге, мәдениятқа болған қызығыўшылығын арттырыўға бағдарланған илажларды әмелге асырыў бойынша пикирлеримизди билдирип, әмелий жәрдем көрсетиўди мақсет еткенбиз,-дейди жумысшы топар ағзасы Салим Саимов.

Президент админстрациясының республикалық жумысшы топар ағзалары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында алып барылған үйрениў жумысларыныӊ жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниӊ биринши орынбасары Б.Ахмедов басшылығында Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясы Нөкис филиалында кеӊейтилген мәжилис болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, жумысшы топар ағзалары менен министрликке қараслы мәкеме басшылары қатнасты.

Мәжилисте министрдиң биринши орынбасары Б.Ахмедов сөзге шығып, алып барылған үйрениў жумысларының мақсети ҳәм әҳмийети, бундай илажлар тараў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғынлығын айрықша атап өтти. Үйрениў жумысларының жуўмағы бойынша барлық мәселелер терең үйренилип,олардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетиндеги илажларды ислеп шығыў бойынша мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланды.

Усы күни Б.Ахмедов филиалдың “Халық сазлары” оркестри менен жақыннан танысып, профессор-оқытыўшылары, студент жаслар менен пикирлести.

 

Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы