Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелерди додалаўға бағышланған мәжилис өткерилди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша басқарманың кәсиплик аўқамы комитетиниң баслығы В.Матёкубов шығып сөйлеп, 2023-2025-жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасының бәнтлери менен таныстырып өтип, кәсиплик аўқамының ҳуқықлары, миннетлемелери, жумысшы-хызметкерлердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Тийкарғы итибар жумысшы хызметкерлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылғанлығы мәлим етилип, алдағы ўақытлары бул бағдардағы жумысларды еле де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

– Атап өтиў керек, аўқам ағзаларының перзентлери ушын өткен жыл даўамында балалар дем алыў орынларына 7 жоллама, хызметкерлерге санаторийларға барып дем алыўы ушын 1 жоллама берилип, ишки туризм илажлары шеңберинде жәми 3 хызметкердиң Ташкент ўәлаятына саяхаты шөлкемлестирилди,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова.

Буннан тысқары, аўқам тәрепинен басқармада өткерилген байрам илажлары, руўхыйлық саатлары ҳәм спорт жарыслары материаллық жақтан қоллап-қуўатланды.

Мәжилисте қатнасыўшылар да пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илаж жуўмағында 2024-жылда әмелге асырылатуғын жумыслар келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги