ҒХҚны мәмлекетлик дизимнен өткериў мүддети қысқартылды

231

Усы жыл 7-февраль күни қабыл етилген ЎРҚ-905-санлы нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Атап айтқанда, «Ғалаба хабар қураллар ҳаққында»ғы нызамға киргизилген өзгериске бола, ҒХҚны дизимнен өткериў ҳаққындағы арзаны дизимнен өткериўши уйым тәрепинен көрип шығыў мүддети 15 күннен 10 күнге азайтылды.

Сондай-ақ, пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиӊ мүрәжатлерин мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен көрип шығылғанлығы яки мәмлекетлик дизимнен өткергенлик ушын мәмлекетлик бажы, жыйымлар яки басқа төлемлер төленгени ҳаққындағы талап бийкар етилди, деп мәлимлеме береди xabar.uz

«Адвокатура ҳаққында»ғы нызамға киргизилген өзгериске бола, адвокатқа гүўалық бериў мүддети 2 жумыс күни етип белгиленди (алдын 3 жумыс күни еди).


Қарақалпақстан хабар агентлиги