Пуқараларды 16 жастан топланып барылатуғын пенсия системасында есапқа алыў тәртиби енгизиледи

Нызам менен киргизилген өзгериске бола, гербли гүўалықларда мәмлекетлик герб ҳәм QR-код (матрик штрихлы код) көриниси болыўы ҳаққындағы талап “Шаӊарақ кодекси”нде беккемлеп қойылды.
Сондай-ақ, “Пуқаралардыӊ топланып барылатуғын пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Нызамына топланып барылатуғын пенсия системасында 16 жасқа толған пуқараларды есапқа қойыў оларға идентификациялаўшы ID-карталарды бериў менен бир ўақытта әмелге асырылыўын нәзерде тутыўшы өзгерис киргизилди.
“Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы Нызамға киргизилген өзгериске бола:
Белгиленген жағдайларда, лицензияны яки рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетти қайта рәсмийлестириў ушын арза талапкердиӊ қәлеўине бола, дизимнен өткериўши уйым тәрепинен жиберилиўи мүмкин болды.
Онда дизимнен өткериўши уйым исбилерменлик субъектиниӊ қайта дизимнен өткерилиўи ушын тийкар болған мағлыўматларды көрсеткен ҳалда, арнаўлы электрон система жәрдеминде ўәкилликли уйымға хабарнама жибереди. Дизимнен өткериўши уйым арқалы лицензияны яки рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетти қайта рәсмийлестириўде жыйым өндирилмейди. (Алдын бундай қағыйда жоқ еди)
Қарақалпақстан хабар агентлиги