Әзербайжандағы Президентлик сайлаўдыӊ дәслепки нәтийжелери жәрияланды
239

7-февраль, сәршемби күни Әзербайжан Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы Мазоҳир Панахов мәмлекетте өткерилген гезексиз Президент сайлаўыныӊ дәслепки нәтийжелерин жәриялады.
Azertag басылымыныӊ жазыўына бола, Президентлик сайлаўында ҳақыйқый деп табылған даўыслар саны 4 млн 651 мыӊ 473 (93,35 процент)ти қураған. Бул даўыслар талабанлар арасында төменде көрсетилген тәризде бөлистирилген:
- Алиев Илҳам Ҳайдар улы – 4 млн 281 мыӊ 625 даўыс (92,05);
- Алиев Фуад Агаси улы — 24 мыӊ 799 даўыс (0,53 процент);
- Ҳасангулиев Ғудрат Музаффар улы – 81 мыӊ 799 даўыс (1,76 процент);
- Мусаев Элшад Наби улы – 31 мыӊ 33 даўыс (0,67 процент);
- Мустафо Фозил Ғазанфар улы — 92 мыӊ 980 даўыс (2 процент);
- Нуруллаев Рози Ғуламали улы – 37 мыӊ 386 даўыс (0,80 процент);
- Ўруж Зоҳид Маҳаррам улы – 101 мыӊ 851 даўыс (2,19 процент).
Мазоҳир Панаховтыӊ атап өтиўинше, еле даўыс бериў қағазлары жетип келмеген аз санлы участкалар да бар ҳәм олардағы даўыслар да санап бөлистириледи, деп мәлимлеме береди xabar.uz
9-февраль күни болса сайлаў нәтийжелери бойынша соӊғы мағлыўмат жәрияланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги