Үш әўлад ушырасыўы

315

Халқымызда жас үлкенди сыйлаў, жас кишиге ҳүрмет-иззет көрсетиў сыяқлы әжайып пазыйлетлер бар. Бундай пазыйлетлерге әмел етип, жасы үлкен кексе әўлад ўәкиллериниң турмыс тәжирийбесин өзлерине өрнек тутқан жаслар ушын бийбаҳа турмыс мектеп болары анық.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жаңа Өзбекстан ушын» сүрени астында «Үш әўлад» ушырасыўы болып өтти. Ушырасыў кешесине «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими  баслығы Т. Абдижаппаров, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң нураный ақсақалы, генерал М. Бабаниязов, «Әмудәрья» журналының редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Х. Даўлетназаров, басқа да нураный устазлар ҳәм студент жаслар қатнасты. Ушырасыўды университет ректоры А. Реймов ашып берди. Ол өз сөзинде Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде студент-жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар, билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларға тоқтап өтти.




Ушырасыўда сөзге шыққан нураныйлар жасларға үлги боларлық өмир жоллары менен дөретиўшилик жумыслары ҳаққында айтып өтип, келешекте жетик инсанлар болып жетилисиўи ушын жаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланып,  елимиздиң раўажланыўы ушын  үлес қосыўға шақырды.

Тыныш ҳәм татыўлықта жасап атырған көп миллетли  мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында жасларымызды усындай дәстүрлер руўхында камалға келтириў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады.

– Ушырасыў кешеси бизлерде үлкен тәсирлер қалдырды. Жасы үлкен нураныйлардың өмир жоллары жаслар ушын  тәжирийбе мектеби есапланады. Бундай ушырасыў кешелери алдағы ўақытлары да өткерилип турылса, жасларымыз келешегине үлкен сабақлар алары сөзсиз,-дейди қарақалпақ филологиясы журналистика  тәлим бағдарынаң 4-курс студенти С. Пердебаева.

Илаж даўамында концерт бағдарламасы қойып берилип онда, өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен, рус ҳәм басқа да халықлардың тиллеринде қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.




Буннан соң университет ректораты тәрепинен нураныйларға дастурхан жайылып, оларға ҳүрмет көрсетилди.

Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги