Ҳүжжетсиз ҳәм сапасы кепилленбеген затлар иркилди

Бүгин бажыхана уйымлары тәрепинен жасырын экономикаға қарсы гүресиў, товар-материаллық байлықлардың бажыхана шегаралары арқалы нызамға қарсы түрде алып өтилиўиниң алдын алыў бойынша илажлар системалы тийкарда өткерилип атыр.
Усы жылдың 1-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен 648-санлы “Бейнеу-Нөкис” жөнелисиндеги жолаўшы тасыўшы поездының 8-санлы вагоны бажыхана қадағалаўынан өткерилди. Нәтийжеде, вагон гүзетиўшисине тийисли болған сумкаға азық-аўқат өнимлери астына қупыя жасырылған, ҳеш қандай ҳүжжетлерге ийе болмаған ҳәм сапасы кепилликленбеген “H2 Премиум” атамасындағы 394 қутыда жәми 15 мың 760 дана биологиялық актив қосымша бар екенлиги анықланды. Дәслепки сораўға бола иркилген капсулалардың улыўма қуны 441 миллион сумды қурамақта.
Усы анықланған жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги