Имтиханнан өткерип бериўди ўәде еткен пуқара усланды
295

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Мойнақ районы бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен биргеликте өткерилген оператив илажда даўамында айдаўшылық гүўалығын алыў бойынша өткерилетуғын имтиханнан өткерип бериўди ўәде еткен пуқара усланды.
Атап айтқанда, пуқара Б.К. 4 пуқараның исенимине кирип, оларға 2 мың АҚШ долларына жоқары лаўазымда ислеўши таныслары арқалы айдаўшылық гүўалығын алыў бойынша өткерилетуғын имтиханнан өткерип бериўди ўәде етеди. Буның ушын 24,7 миллион сумды алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги