Өзбекстанлылар бир ҳәптеде автономерлер ушын 18,8 млрд сум жумсаған

2024-жыл 29-январьдан 4-февраль аралығында 4 390 автономерлер бойынша аукцион саўдалары әмелге асырылды. Бул ҳаққында «UZEX хабарлары» газетасында мәлим етилди.
Аукцион саўдаларында жәми 18 млрд 793,6 млн сумлық автономерлер сатылған. Әмелге асқан келисимлердиӊ 92 процент үлеси физикалық тәрелерге (17 млрд 257,8 млн сумға теӊ 4 184 автономер) ҳәм 8 процент үлеси юридикалық тәреплерге (1 млрд 535,8 млн сумға теӊ 206 автономер) туўра келеди.
Дүзилген келисимлердиӊ биреўи бойынша орташа баҳа 4,3 млн сумды қурап, сатылған автономерлердиӊ еӊ төмен баҳасы 1,7 млн сумды, еӊ қымбат автономердиӊ баҳасы болса 345,1 млн сумды қурады, деп хабар береди xabar.uz
Мағлыўмат ушын, көрилип атырған дәўир даўамында avtoraqam.uzex.uz саўда системасына жәми 38 068 автотранспорт қураллары ушын дизимнен өткериў мәмлекетлик номери белгилери жайластырылған болып, соныӊ 33 869 ы физикалық тәреплер ушын ҳәм 4 199 ы юридикалық тәреплер ушын мөлшерленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги