IUCN басшысы Гретел Агилар Өзбекстанға келди

Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамы (IUCN) Бас директоры доктор Гретел Агилар12-17-февраль күнлери Самарқанд қаласында болып өтетуғын БМШтыӊ #CMSCOP14 конференциясында қатнасыў ушын Өзбекстанға келди.
Жоқары мәртебели мийманды Ташкент халықаралық аэропортында Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниӊ орынбасары Жусипбек Казбеков күтип алды.
Доктор Гретел Агилар 2023-жылдыӊ октябрь айынан берли IUCN басшысы лаўазымында ислеп келмекте. Тәбиятты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў, ҳүкиметлер ҳәм пуқаралық жәмийети менен биргеликте экологиялық нызамшылықты қоллап-қуўатлаў бойынша 30 жыллық тәжирийбеге ийе, деп мәлимлеме береди xabar.uz
Еслетип өтемиз, CMSCOP14 шеӊберинде Ташкент қаласында Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамыныӊ Орайлық Азиядағы биринши ўәкилханасыныӊ ашылыўы режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги