Мәлимлеме технологиялары бағдарында жетискенликлерге ерискен ҳаял-қызлар Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланады

173

Президент пәрманы (ПП-34-санлы, 07.02.2024ж.) менен  “Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў бойынша усынысларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында”ғы Пәрманға өзгерис киргизилди.

Оған бола, енди мәлимлеме технологиялары бағдарында айрықша жетскенликлерге ерискен инталы ҳаял-қызлар Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланады.

Сондай-ақ, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық комиссиясы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жанындағы жәмийетлик тийкарда жумыс алып барыўы ҳәм оған Бас министрдиӊ орынбасары – Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети басшылық етиўи белгиленди.

Буннан тысқары, сыйлықты алыў ушын талабанлардыӊ соӊғы 3 жыл даўамындағы үлгили жумысы, билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары тараўлары ҳәм жәмийетлик белсендилигиндеги айрықша жетискенликлерине тийисли ҳүжжетлер тапсырылыўы белгиленди. (Алдын 2 жыл еди)

Қарақалпақстан хабар агентлиги