Өзбекстан пияз экспорты бойынша дүньяныӊ еӊ ири 5 экспортёрлары қатарынан орын алды.
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан пияз экспорты бойынша дүнья беслигине кирип атырған жаӊа мәмлекет есапланады.
Бул ҳаққында Аўыл хожалығы министрлиги хабар бермекте.
Өткен мәўсим нәтийжелерине бола, республикамыз жылына 250 мыӊ тоннаға шекем пияз экспорт етиўши дүньядағы 10 мәмлекеттен бирине айланған еди.
Экспертлер усы жылдыӊ жуўмағына шекем Өзбекстанда пияз экспорты рекорд дәрежеге жетип, биринши мәрт 300 мыӊ тоннадан артыўы күтилип атырғаны болжанбақта.
Еслетип өтемиз, алдынырақ Өзбекстанда пияз қымбатлағаны ҳаққында хабар берилген еди, деп мәлимлеме береди xabar.uz
Қарақалпақстан хабар агентлиги