Өзбекстанның жаңадан тайынланған елшиси Оман Сыртқы ислер министрлигинде исеним жарлықларының нусқасын тапсырды

155

Өзбекстанның жаңа елшиси Абдусалом Хатамов бүгин Оман сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары шейх Халифа ал-Ҳарсийге исеним жарлықларының нусқасын тапсырды, деп хабар бермекте «Дунё» МА хабаршысы.

Оман сыртқы сиясат уйымында болып өткен ушырасыў ўақтында еки мәмлекет арасындағы тығыз бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары ҳаққында пикир алысты.

Кейинги жылларда еки тәреплеме байланыслар жедел раўажланып, барлық тараўларды қамтып алып атырғаны, оған мәмлекет жетекшилери арасындағы исенимли ҳәм дослық қатнасықлары беккем тийкар болып атырғаны айрықша атап өтилди.

Оман СИМ баслығының орынбасары Өзбекстанның жаңа елшисине өз-ара қатнасықларды избе-из раўажландырыў жолындағы жуўапкершиликли жумысына табыслар тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги